17.08.2026
Тил Oʻz Qq Ёзув Кирилл Lotin
Reklama banneri
Ҳарф ўлчами Ранг Расмлар
17.08.2026, 03:55
Жамият 👁 843

ҚАPАҚАЛПАҚСТАН PЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНА 26 ЖЫЛ

ҚАPАҚАЛПАҚСТАН PЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫНА 26 ЖЫЛ

Конституция мәмлекетимиздеги жоқары юридикалық күшке ийе болған хуқықый хүжжет болып есапланады. Конституция тийкарында хәм оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде басқа нызам хам нызам асты хүжжетлери кабыл етиледи. 1993-жыл 9-апрель күни Қарақалпақстан Pеспубликасы Конституциясы қабыл етилди. 1985-1990-жылларда СССPда алып барылған қайта қурыў жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық хәм мәмлекетлик турмысты өзгертип жиберди. Усының нәтийжесинде Өзбекстанда, соның менен бир қатарда Қарақалпақстанда да жәмийеттиң хәм мәмлекеттиң дәўир талабына сәйкес раўажланыў процессине унамлы тәсир тийгизетуғын, оны ретлестиретуғын хәм тәртипке салатуғын юридикалық хүжжет болыў керек еди.

Мине усындай жәмийетлик-сиясий аўхалда Қарақалпақстан Pеспубликасы Жоқарғы совети 1990-жыл 19-июлде өзиниң 12-шақырық
2-сессиясының қарары менен 51 адамнан ибәрат Конституциялық комиссия дүзди. Комиссия қурамына Жоқарғы Советтиң басшылары, қәнийгелер, юристлер, экономистлер, философлар, сиясатшылар хәм басқалар кирди.

1990-жыл 14-декабрде мәмлекетлик суверенитет ҳаққындағы Декларация қабыл етилди.

1993-жыл февраль айында болып өткен конституциялық комиссияның гезектеги мәжлисинде Тийкағы Нызамның жойбары қарап шығылды хәм Жоқарғы Совет Президиумына усынылды, Конституциялық комиссияның берген жуўмағы тийкарында «Қарақалпақстан Pеспубликасы Конституциясының жойбары хаққында»ғы қарар қабыл етилди.

Конституция жойбары 1993-жыл 7-мартта республика газеталарында жәрияланды.Конституциялық комиссияның 1993-жыл 6-апрелде болып өткен мәжлисинде жойбар ушын комиссия адресине 450 ден аслам усыныслар келип түскенлиги билдирилди.

1993-жыл 7-апрелде конституция жойбары орыс хәм қарақалпақ тиллеринде газеталарда 2-рет жәрияланып, пүткил халықлық талықлаўға қойылды. 1993-жыл 9-апрель күни жоқарғы советтиң 12-шақырық
12-сессиясында Қарақалпақстан Pеспубликасы Конституциясын қабыл етиў хаққындағы Нызам қабыл етилди.

Конституцияның қабыл етилиўи менен жәмийетлик ҳәм мәмлекет қурылысының барлық салаларындағы қатнасықларды, миллий нызамшылығымыздың бәрше тараўларын тәртипке салыўшы анық ҳуқықый системасы жаратылды.

Сондай-ақ, Конституцияда мәмлекетлик ҳәкимияттың бөлиниўи тийкарында әмелге асырылыўын белгиледи, пикирлердиң көп түрлилигине ҳәмде көп партиялылыққа тийкар жаратты.

Мәмлекет сиясатындағы түпкиликли өзгерислерди өзинде сәўлелендирген Конституцияда базар қатнасықларына тийкарланған жәмийеттиң экономикалық негизи болған жеке мүлкшилик, еркин исбилерменлик сыяқлы институтлар беккем ҳуқықый тийкарға ийе болды.

Конституциямызда Қарақалпақстан Pеспубликасы өзиниң нызам арқалы тастыйықланған мәмлекетлик нышанлары – байрағына, гербине ҳәм гимнине ийе екенлиги көрсетилген.

1993-жыл 9-апрель күни және бир әҳмийетли ҳүжжет, Қарақалпақстан Pеспубликасының мәмлекетлик герби ҳаққындағы Нызамы қабыл етилди.

6 тараў, 26 бап, 120-статьядан ибәрат. Конституциямызға 1994-жыл, 1995, 1997, 2003 хәм 2014-жылларда өзгерис хәм қосымшалар киргизилди.

Хабарыңыз бар кейинги жылларда мәмлекетимизде кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўы, суд ҳуқық тараўындағы реформалар нәтийжесинде Өзбекстан Pеспубликасы Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Қарақалпақстан Pеспубликасы Конституциясына да өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў мәселеси көрип шығылмақта. Әдиллик министрлиги тәрепинен де Конституциямызға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныслар берилди.

Усы орында атап өтиўимиз лазым, Қарақалпақстан Pеспубликасының Конституциясына өзгерислер Қарақалпақстан Pеспубликасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының улыўма санының ең кеминде үштен екисиниң көпшилик даўысы арқалы қабыл етилген нызамы ямаса Қарақалпақстан Pеспубликасының референдумы менен киргизиледи.

Бүгинги күнде биз конституциялық нормалардың әмелде орынланыўын тәмийинлеўге, халқымыздың турмыс-тәризин жақсылаўға қаратылған бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилип атырғанлығының гүўасы болмақтамыз.

Бул ҳуқықый ҳүжжетлер, әмелге асрылып атырған реформалардың тийкары әлбетте Конституция ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекстан Pеспубликасын раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер стратегиясында өз тийкарын тапқан.

Усы жылдың өзинде халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаўға байланыслы «Пуқаралардың репродуктив саламатлығы ҳаққында»ғы Нызам, «Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин жәнеде күшейтириў ҳәм исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы, «Еситиў ҳәм сөйлеўинде машқаласы болған шахсларды социаллық қоллап қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы, «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы, «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарарлары кабыл етилди.

Жуўмақ орнында соны атап өтиўимиз керек, Қарақалпақстан Pеспубликасмы Конституциясында ҳәр бир статьясында көрсетилген нормалардың бүгинги күнде мәмлекет тәрепинен әмелге асырылыўы тәмийинленбекте.

Бизиң ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз конституцияда ҳәм нызам талапларына сөзсиз әмел етиўимиз, мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўы ушын өз үлесимизди қосыўымыз лазым.

Әмиўдарья районы әдиллик бөлими атынан Сизлерди Қарақалпақстан Pеспубликасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 26 жыллық байрамы менен шын жүректен қутлықлаймыз. Жумысларыңызға табыс, шаңарағыңызға аманлық тилеймиз.

Әмиўдарья районы әдиллик бөлими

жетекши мәсләҳәтшиси

3-дәрежели юрист Н.А.Калимбетов

🎬 Видеогалерея Барчаси →
Болалар саломатлиги назоратда: гижжа касалликларига қарши профилактика ишлари давом этмоқда Болалар саломатлиги назоратда: гижжа касалликларига қарши профилактика ишлари давом этмоқда 13.08.2026 Мустақилликнинг 35 йиллигига муносиб туҳфа: Амударёда 49 та оилага қувонч улашилмоқда Мустақилликнинг 35 йиллигига муносиб туҳфа: Амударёда 49 та оилага қувонч улашилмоқда 10.08.2026 Куйдирги касаллигининг олдини олишга қаратилган махсус-тактик ўқув машқи ўтказилди Куйдирги касаллигининг олдини олишга қаратилган махсус-тактик ўқув машқи ўтказилди 10.08.2026 Темир йўл соҳаси фахрийлари касб байрами муносабати билан дийдорлашдилар Темир йўл соҳаси фахрийлари касб байрами муносабати билан дийдорлашдилар 06.08.2026 Қорамон маҳалласида электр инфратузилмаси янгиланмоқда Қорамон маҳалласида электр инфратузилмаси янгиланмоқда 06.08.2026 Меҳнат фахрийси, жамоат арбоби Янгибой Ражаповнинг 80 йиллик юбилейи нишонланди Меҳнат фахрийси, жамоат арбоби Янгибой Ражаповнинг 80 йиллик юбилейи нишонланди 05.08.2026 Амударё туманида ғўза парваришига бағишланган кўргазмали дала семинари ўтказилди Амударё туманида ғўза парваришига бағишланган кўргазмали дала семинари ўтказилди 05.08.2026 Амударё туманида ободонлаштириш ишлари жадаллик билан давом этмоқда Амударё туманида ободонлаштириш ишлари жадаллик билан давом этмоқда 05.08.2026 “Инсон” ИҲМ ходимлари томонидан “Ёлғиз кекса” реестрига киритилган фуқароларнинг хонадонларида ҳашар ташкил этилди “Инсон” ИҲМ ходимлари томонидан “Ёлғиз кекса” реестрига киритилган фуқароларнинг хонадонларида ҳашар ташкил этилди 04.08.2026 Амударёда «Ишбилармон аёл – 2026» кўрик-танловининг туман босқичи ғолиблари аниқланди Амударёда «Ишбилармон аёл – 2026» кўрик-танловининг туман босқичи ғолиблари аниқланди 04.08.2026 Такрорий экинлардан мўл ҳосил олиш йўлида Такрорий экинлардан мўл ҳосил олиш йўлида 01.08.2026 Амударё туманида Халқлар дўстлиги куни кенг нишонланди Амударё туманида Халқлар дўстлиги куни кенг нишонланди 01.08.2026 Амударё туманида навбатдаги сайёр қабул: Аҳоли муаммолари жойида ўрганилди Амударё туманида навбатдаги сайёр қабул: Аҳоли муаммолари жойида ўрганилди 30.07.2026 Мустақиллик байрами олдидан кенг кўламли ободонлаштириш ишлари давом этмоқда Мустақиллик байрами олдидан кенг кўламли ободонлаштириш ишлари давом этмоқда 30.07.2026 Президент қарори ижроси: Амударёда қишлоқ хўжалиги соҳаси вакиллари иштирокида семинар бўлиб ўтди Президент қарори ижроси: Амударёда қишлоқ хўжалиги соҳаси вакиллари иштирокида семинар бўлиб ўтди 30.07.2026 Имконияти чекланган фуқаролар учун маънавий-маърифий тадбир ўтказилди Имконияти чекланган фуқаролар учун маънавий-маърифий тадбир ўтказилди 29.07.2026 Халқ депутатлари Амударё туман Кенгашининг 22-сессияси тўғрисида ахборот Халқ депутатлари Амударё туман Кенгашининг 22-сессияси тўғрисида ахборот 29.07.2026 Ҳарбий хизмат – шахсий камолот ва мардлик мактаби Ҳарбий хизмат – шахсий камолот ва мардлик мактаби 24.01.2025 САРҲАДЛАРИМИЗ ДАХЛСИЗЛИГИ, ОНА ВАТАН ТИНЧЛИГИ ЙЎЛИДА ХАЛҚ ВА АРМИЯ – БИР ТАН-У БИР ЖОНДИР САРҲАДЛАРИМИЗ ДАХЛСИЗЛИГИ, ОНА ВАТАН ТИНЧЛИГИ ЙЎЛИДА ХАЛҚ ВА АРМИЯ – БИР ТАН-У БИР ЖОНДИР 14.01.2025 Грант лойиҳаси доирасида ёмон одатлар, эрта турмуш ва оилавий ажримларнинг олдини олиш мавзусида кўрсатув тасвирга олинди Грант лойиҳаси доирасида ёмон одатлар, эрта турмуш ва оилавий ажримларнинг олдини олиш мавзусида кўрсатув тасвирга олинди 12.05.2024 Грант лойиҳаси доирасида ёмон одатлар, эрта турмуш ва оилавий ажримларнинг сабаб ҳамда оқибатлари ҳақида кўрсатув тасвирга олинди Грант лойиҳаси доирасида ёмон одатлар, эрта турмуш ва оилавий ажримларнинг сабаб ҳамда оқибатлари ҳақида кўрсатув тасвирга олинди 15.08.2023 Сайлов жараёнидан видеолавҳалар Сайлов жараёнидан видеолавҳалар 24.10.2021 Cайлов участкаларида овоз бериш жараёни юксак савияда ўтмоқда. Cайлов участкаларида овоз бериш жараёни юксак савияда ўтмоқда. 24.10.2021 "Замин" информацион дастурининг 2021 йил 16 октябрь кунги сони "Замин" информацион дастурининг 2021 йил 16 октябрь кунги сони 17.10.2021 "Замин" информацион дастурининг 2021 йил 9 октябрь кунги сони "Замин" информацион дастурининг 2021 йил 9 октябрь кунги сони 11.10.2021 Назархон овули оқар сув билан таъминланмоқда Назархон овули оқар сув билан таъминланмоқда 17.07.2021 Амударё туманида Рамазон ҳайити кенг нишонланди (видео) Амударё туманида Рамазон ҳайити кенг нишонланди (видео) 14.05.2021 Халқ депутатлари Амударё туман Кенгашининг биринчи сессияси тўғрисида АХБОPОТ (+видео) Халқ депутатлари Амударё туман Кенгашининг биринчи сессияси тўғрисида АХБОPОТ (+видео) 15.01.2020 "Мунозара" кўрсатувининг 20.12.2019 кунги сони (сиёсий партияларнинг туман Кенгашлари иштирокида) "Мунозара" кўрсатувининг 20.12.2019 кунги сони (сиёсий партияларнинг туман Кенгашлари иштирокида) 21.12.2019 ХАЛҚАPО НОГИPОНЛАP КУНИ МУНОСАБАТИ БИЛАН ТАДБИP ЎТКАЗИЛДИ (+Видео) ХАЛҚАPО НОГИPОНЛАP КУНИ МУНОСАБАТИ БИЛАН ТАДБИP ЎТКАЗИЛДИ (+Видео) 04.12.2019